<?xml version="1.0" encoding="UTF-8"?><song><title>Ийса Масих арқалы Аба1</title>
<lyrics>[V1]
 Мине дослар туўысқанлар
 Шақырылып таңланғанлар,
 Мине бүгин жақсы күн,
 Жаңа әсир, жаңа жыл.

[V2]
 Ийса келди бул дүнъяға,
 Сени, мени қутқарыўға,
 Әке - Қудай буйрық берип,
 Улларымды алып кел- деп.

[V3]
 Таза жылда, таза жүрек,
 Қутқарылсын-деп, көбирек,
 Қолын созып: -Кел, балам,-деп,
 Ийса-Масих арқалы!

[V4]
 Қуўанышқа бөлениңлер,
 Ойнап-күлип, исениңлер,
 Ийса келди шадланыңлар,
 Рахмет айтып, қуўаныңлар!

[V5]
 Рахмет айтаман, Қудайым - Саған!
 Бул дүнъядан таңлағаныңа,
 Бизге мәңгилик өмир берип,
 Ийемизди танытқаныңа!</lyrics>
<hymn_number>1</hymn_number>
<author>Кеңесғали Айимбетов</author>
<aka>Мине дослар туўысқанлар</aka>
</song>